⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАЎА

Қарақалпақша

ат. (араб. баъ(ип) — дәри-дәрман, илаж). 1. Наўқастың ем табыўы ушын қолланылатуғын нәрсе, улыўма шыпа бағышлаўшы нәрсе. Таза ҳаўа-жанға даўа. (ққ.х.н.м.). Бирақ бизге берилмейди бизге ҳеш, ҳасла, Ондай дәртке даўа ўақыт бир саат (Р.Гамзатов). Дәртке даўа минезлери — Адам болса излер едим (Бердақ). 2. ҳуқық. Ҳуқықы бузылған ямаса заң менен қорғалатуғын, пайдасын қорғаў ушын судқа, арбитражға қылынатуғын өтиниш. Қыпш ақ ялғаннан даўа қылды, Дөҳметтен мойнына қун салды (Бердақ). Даўа арзасы — суд ямаса арбитражға жазба тәризде бериледи. Даўа мүддети — шахс өзиниң бузылған ҳуқықын қорғаўы мүмкин болған мүддет. 3. аўыс. Шара, илаж. Табылған сөзге даўа жоқ, Мақул сөзге не қарыў? (ққ.х.н.м.). Даўа болыў — ем болыў.