⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАЎАЛЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Еми бар, жазылып кететуғын, шыпалы. Тарийхларға гүўалы сөз, Ҳәр бир дәртке даўалы сөз (И.Юсупов). 2. аўыс. Жөнге түсип кететуғын, дүзелетуғын, жөнлесетуғын. Даўалы, талабы бар Нәпсиңди тый, даўалы, ҳарам пасық дүньялардан, Қуда пәрманы тутқан болар ол әўлийелерден (А.Өтепбергенов). 3. Зәрүр. Өлгенде көрген өгизим, Ол да өзиме даўалы (ққ.х.н.м.).