⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАЎАМ

Қарақалпақша

(араб. — узаққа созылыў, узақ муддетлилик, даўамыйлық). 1. Қандай да бир нәрсениң ҳәрекет, хәдийсе, ўақыя т.б.лардың үзликсиз процесси, барысы. Даўам етиў. Тур орныңнан, сапарыңды даўам ет, еле күн узақ... жоллар оннан да узақ... (К.Рахманов). а) Бир нәрсени үзликсиз орынлаў. Ғапыл болма яд ет Ҳақны эўбхы-шам, Ҳақнын зикри менен болғайсаң даўам (Әжинияз). б) Мәлим ўақытқа дейин созылыў. Бул ҳалат тағы даўам ете берсе, Шернияздың динкеси курып турған жерде кулап түсиўине шубха жоқ (К.Рахманов). 2. Тоқтатылған ис-ҳәрекет, ҳәдийсе, ўақыя т.б.лардың (тағы даўам етиўи лазым яки мүмкин болған) бөлеги. Гүрриңниң даўамы. 3. Бир нәрсениң мәлим жеринен кейинги бөлеги, изи. Жолдың даўамы. 4. лингв. Даўамлы ис-ҳәрекетти анлатыўшы фейил.