ДАЎКЕС
Қарақалпақша
ат. 1. Даўласыўды, айтысыўды жақсы көретуғын адам, жәнжелпаз.
Күйеў баласы қандай даўкес екенлигин ким билсин, ол келген соң мәселе пүткиллей улғайып кететуғын шығар? (К.Рахманов).
2. Дөҳметши, жалахор.
— Бәри курт болып алманы геўлер.
Бәри сизге даўагер булар, Ўа, нервалар, даўкес нервалар! (И.Юсупов).