ДАЎРЫҒЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Даўысының барынша қатты бақырыў, шаўқым шығарыў.
Дәўсебендей даўрығасаң болып шер, Сен бираздың, түсине енғен екенсең (С.Нурымбетов).
2. Ҳаўлығыў, апалакдаў, албыраў, қысыныў.
Усы ўақытта есиктен даўрығып Мүширип кирип келди (К.Султанов).