⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАБЫЛ

Қарақалпақша

ат. Аңға ямаса саўашқа шыққанда хабар бериў, бир нәрсени билдириў ушын қағатуғын қатты гүмпилдеп даўыс беретуғын әсбап, курал. Алдына дабыл өңгерип, Кейнине саўыт бөклерип, Ақгамкердиң жылаўын, Оңғарып жолға салады («Ер Зийўар»). Тилладан маржан тақтырсын, Халқына дабыл қақтырсын («Алпамыс»). 0 Дабыл қағыў - а) күшли, қатты даўыс шығарыў, хабарлаў. Урыс себгил болды деп, Еки жақтан дабыл қағады («Ер Зийўар»), б) шаўқым шығарыў; в) аўыс. хабарлаў, билдириў, мәлимлеў, ҳәммеге жайып шығыў. Дабылы журтка таралып, Көргенди етти нәубәҳәр («Қырқ қыз»).