ДАЙЫ
Қарақалпақша
ат. Анасы менен туўысқан ямаса урыўлас адамлар ҳәм олардың ул-қызлары.
Жыллы жүзлилик пенен Алланияз дайымның көзқарасы мениң, мийримди қандырды (Ж.Аймурзаев).
Анам айтты: «дәл өзим», Дайым да жүр не керек (А.Дәрменов).
0 Дайылы-жийенли — түби туўысқан адамлардың ер ҳәм нашар ул-қызларының бир-бири менен ағайинлик катнасы.