⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАЛА

Қарақалпақша

ат. 1. Адамлар жасайтуғын жерлерден тысқарыда болған, егин егилетуғын жер. Егин даласы. Жер — дала, Қуда — пана (кқ.х.н.м.). 2. Қаладан тысқарыда бағ, қорған хәм жер-суўлар. 0 Дала ҳәўли — гөззал тәбият қойнында курылған, дем алыўға бағышланған, дача. 3. Улыўма кең тәбийғый ашықлык жер, жайлаў. Топыраққа былғанып терлери ағып, Төсексиз далада жатқан шопанлар (Күнхожа). Саз даўыслы гармоньға да тил питкен, Кең даланы сазға бөлеп мүлгиткен (И.Юсупов). 4. Үйден тысқары жер, сырт, көше. Ананың кеўли — балада, баланың кеўли — далада (кк.х.н.м.). Дала машқы — әск. Әскерлердиң халық жасайтуғын жерден тысқарыда, ашық майданда өткерилетуғын шынығыў, әскерий таярлықлары. Дала почтасы — Әскерлердиң әскерий бөлимлер бойынша жүрип хызмет қылатуғын почтасы. Далаға шығыў — а) таза ҳаўаға шығыў, үйдиң ишинен сыртқа шығыў; Терезеден сығалаған эй достым, Шапаныңды кий де шық тез далаға (Ш.Елмуратов). б) аўыс. Үлкен ямаса киши дәретке шығыў, ҳәжетханаға шығыў. Қуў дала, меңирэў дала — елсиз, суўсыз жер, кеңислик. Жайылып аққан Жайық жоқ, Жүрмиз мениреў далада (Толғаў). Мийнети далаға кетиў — еткен иси зая болды, мийнети куры кетти. Сөзи далада қалыў — сөзин ҳеш ким тыңдамады, сөзи иске аспады, сөзи өтпеди, сөзи пәтиўаға алынбады. Қуры далаға сөйлеў — ҳеш ким қулақ салмаса да айта бериў, мәзи өзинен-өзи сөйлей бериў.