⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАСТЫҚ

Қарақалпақша

ат. Курақлы ҳәм қурақсыз етип ишине пәр ямаса пахта хәм жүн салынып иеленген бас қойып жатыў ушын мөлшерленген үй буйымы. Жүн дастық. Пәрдастық. Мамық дастық. Пахта дастық. ...қыз қосықты үзип, жерде жатқан курақ дастыққа өзин таслады (Қ.Досанов). Талай хижраннан ҳөлленди дастық (К.Рахманов). 0 Дастық тартып жатыў — аўырып жатаққа жатыў, аўырып қалыў. Дастық қылыў — басының астына қойыў, дастаныў. Дастық қылып ақ билегин, Қыз қосында жатыр екен (Бердақ). Дастығын алыў — өш алыў, өзиниң пайын туўраў дегенди андатады. — Сөйтип аға, аты шыққан Әтеш батыр қаршадай мениң оғымнан әрманда кетти, Ол ғапыл қалды, болмаса дастығын алмай жан беретуғынлардан емес еди (М.Нызанов). Дастық көз — көз тиймеў ушын тигилетуғын дастықтың сыртына тигилген көз, дастықтың курақ нағысы.