ДАҒ
Қарақалпақша
қ. дақ.
1. Қарамал ҳәм басқаларға басылған тамға.
2. Из, жаман ат, сәз.
Жақсыдан бағ қалар, жаманнан дағ қалар (КҚ.Х.Н.М.).
Оң ийнинде пәнже урған, бес пәнжениң дағы бар еди, көрсем соннан таныр едим, — деди («Алпамыс»).
3. Күйик, қайғы, ҳәсирет.
Бедеў жалын ылғал күни көремиз, перзент жоқтан ҳәр кимнен дағ көрермиз («Алпамыс»).
4. Таў мәнисинде.
Бүлбиллер қонар бул бағқа, Түйелер жарасар дағқа («Алпамыс»).
Жаз болса ерийди дағлардың қары («Алпамыс»).