⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДЕГИШ

Қарақалпақша

ат. тех. Дәрьяның күшли ағымы ҳәм суў бетиниң кескин өзгериўи нәтийжесинде жағалаўдың күшли жуўылыўы. Суўдың бузыўшық күшинен дәрья жағасының омырылып, жар таслаўынан пайда болатуғын апат, дәрья кенарының жемирилиўи. Бир Алла қаратып дәрья дегишин, Алды мөхминлердиң еккен егисин (Омар). Жайхун айбатынан айбынар едик, Дегиш алмағай деп қайғырар едик (И.Юсупов).