ДЕКЛАРАЦИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Бир ямаса бир нешше хүкиметлер, сиясий партиялар, халықаралық ямаса жәмийетлик шөлкемлердиң дәстүрий хүжжет, әхмийетли, халықаралық ўақыя, нызам т.б.ларды халық итибарына жеткериўши баянаты; улыўма сиясий принциплерин салтанатлы түрде дағаза етиў.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлик декларациясы.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик суверенитети ҳаққында Декларацияның қабыл етилгенине 32 жыл толды («ЕҚ» г.).
2. Салық төлеўшилердин дәраматлар муғдары туўралы баян етиў; 3. Почта арқалы мәмлекеттен тысқарыға жиберилген пул яки қымбат бахалы пакетлерге қосымша етилген хүжжет; 4. Шеғарадан өтиўши шахс өзинде затлар, қымбат баха нәрселер т.б.лардың бар екенлиги ҳәм олардың муғдары қаққында бажыханаға тапсырылған мағлыўмат.