ДЕМАРКАЦИЯ
Қарақалпақша
ат. Қоңсы мәмлекетлер менен дүзилген шәртнама, келисимге тийкарланып, мәмлекетлер ортасындағы шегараны анықлаў, белгилеў.
Демаркация сызығы — 1. Ўақытша келисим пайытында урысыўшы тәреплердиң армиясын бир-биринен ажыратып турыўшы ўақытша шегара; 2. Урыста жеңилген мәмлекет аймақларын басып алған зоналарға бөлген сызық, шеғара.