⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДЕНЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Пүткил адам ҳәм жаныўарлардын денесин қурайтуғын барлық материалдық бөлеклер жыйынтығы. Бир жанның кумары екеўин алды, Не жигит денеси майданда қалды (А.Жийенбаев). 2. геом. Тәреплериниң баҳалаўға болатуғын үш өлшемли объект. 3. физ. Массаға, салмаққа ҳәм көлемге ийе болыў менен сыпатланады, сондай-ақ, бир тутас бирликти қурайтуғын массалар жыйынтығы. 4. астр. Аспан денеси. Әлем, жулдыз ямаса кенисликтеги басқа объектлер. Соның ушын да тиришилигимиз дереги болған Қуяш хәр тәрептен дыққатқа ылайық аспан денеси есапланады («ЕҚ» г.). 0 Дене дүзилиси — адам хәм жанзатлардын дүзилиси хәм ўазыйпалары хаққында мағлыўмат. Дене ағзалары — инсан яки жаныўарлардың сыртқы хәм ишки органлары. Дене тәрбиясы — денсаўлықты күшейтиўге, шынықгырыўға ҳ.т.б. миннетлерине байланыслы алып барылатуғын сабақ. Денеси түршигиў — бир нәрседен қорқып сескениў. Жигит денеси түршигип кетип: «Мен жәллат емеспен», — деди (рәўият).