ДЕНОМИНАЦИЯ
Қарақалпақша
ат. (де+лат.
nominatio — аталыўы, атамасы).
Валютаның стабиллигин асырыў ҳәм есап-санақты ықшамластырыў мақсетинде қағаз пул номиналын пәсейтиў; ески пул курсы қунын жоқ етип, белгиленген атамасы өзгермеген жаңа пулға мәлим дәрежеде алмастырыў.
Мәмлекеттеги пул мәселесин тәртипке салыў, пул қәдири пәсейиўин тоқтатып қалыў мақсети арқалы әмелге асырылады.