ДЕРЕК
Қарақалпақша
ат. (қ. Дәрек).
1. Қандай да бир нәрсениң тийкары, негизи.
Қойнындағы ыссы кумдай сыйласық, Тапты сеннен байлықлардың дерегин (К.Рахманов).
2. Бир жерден, биреўден, бир нәрсе қаққында алынған хабар, мағлыўмат.
Дерек алыў.
Миллийликтен дерек берер бас кийим, Миллетиңе ат беретуғын хәс дейин... (Б.Айтмуратова).
0 Дерек бериў — мағлыўмат бериў, билдириў, хабарландырыў.
«Хеш кимнен кем емес балам», — деғендей, Береди ығбаллы күнлерден дерек (З.Жийемуратова).
Дерегин табыў — бир нәрсе туўралы мағлыўмат еситиў, хабары болыў, еситиў.
Тез күнде дерегин табамыз, иним, — деп олар бир дана сүўретинде алып қалды... (К.Рахманов).
3. Бир нәрсе ямаса қәсийетинен дәлил бериўши нышан, белги.
Жаслық — гөззаллық дереги.
4. тил.
Дерек гәп.
Хабар мазмунын билдириўши гәп.