⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДЕҢГЕНЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Өтмиште ярым отырықшы ҳәм отырықшы халықлар ортасында кең тарқалған үрп-әдет (шарўашылықта). Жаз мәўсиминде жеке хожалыққа сойылған мал гөшин узақ мүддет сақлаў қыйын болғанлығы себепли қоңсы-қобалары менен бөлисилген. Ҳаял енди сыйырды сойып деңгене етиўди ойлап, ақыры күйеўин буған көндиреди (ққ.х.е.). Бир аўыл бөлисип, деңгене қылған, Қоғам жап ылақаң, бекирең қайда (Ә.Қайыпов). 2. Шерикликке малды (ат, сыйыр, қой, ешки т.б.) пуллап өз ара бөлисиўи. Сойылған мал гөшиниң жиликлеп, өлшемей төбелеп бөлиниўи. Деңгенеге қосылыў. Деңгенениң үлкенин түйе сойғанда көресең (ққ.х.н.м.). Тарийхың талас деңгене, Қоналмайсаң, қонақлайсаң (А.Дәрменов).