⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДИАЛЕКТИЗМ

Қарақалпақша

ат. 1. Көркем шығармаларында жергиликли колорит ушын қолланылған диалектлик сөзлер. 2. Әдебий тилде ушырасатуғын белгили бир диалектке тийисли фонетикалық, грамматикалық ҳәм лексикалық өзгешеликлер. Лексикалық диалектизмлер: шалбар-шим, сексеўил-сазақ. Лексика-фонетикалық диалектизмлер: алдында-әлдинда, салы-шалы, сорпа-шорпа, сағал-шағал. Семантикалық диалектизмлер — бир диалектте бар сөз екинши диалектте қосымша семантикалық хызметлерин кеңейтеди.