⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДИГИРЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Балықтың ойнаўы, ойнап қашыўы, аяққа ямаса қолға тийиўи, туўлаўы. 2. Майдалап сөйлеп бирэўдин мазасын алыў, мыжыў. 3. Қайта-қайта келе бериў, дингирлей бериў. Итибар бермейсиз иске, Уйқыдан турып тал түсте, Тағы журтқа дигирлейсиз (Т.Жумамуратов). 4. Бир нәрсениң екинши бир нәрсе менен сүйкелисиўдеги тегис тиймеўи, гидирлеўи. Арбаның дигирлеўи. Дигирманның дигирлеўи. Самолёттың асты дигирлеп, жерге қонғаны қашшан, бирақ руқсат болмаған соң ҳәмме орынларында тыпыршып отыр (К.Рахманов).