⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДИЗ

Қарақалпақша

ат. қ. Дизе. Ақ дизиңде шымнан шалбар, Ақ бетинде коша қал бар («Ашық Нәжеп»). Ат шабарсыз елли менен жүзлерге, Кийген саўытларың келмес дизлерге... («Шийрин-Шекер»). 1. 0 Диз шөгиў — дизелерин бүгип, аякларынын астына қойып шөккелеў. Жәҳәнгир шахлар да, отыралмай тахтта, Алдында диз шөгип, қазнасын шашқан (И.Юсупов). 2. аўыс. Геўдени сондай тутқан халатта ийилип жалбарыныў, өтиниў, бойсыныў. Диз бүгип жасағаннан, Тик турып өлген абзал (ққ.х.н.м.). 3. аўыс. Адам айтканы, ерки менен жүриў, еркине бойсыныў. Ана тәбиятқа диз шөгиў. 0 Дизден төсек — қалың етип төсек салыў мәнисинде. Дизден төсек, белбеўден дастық, күнде бес түрли тағам менен аға-ини екеўин баға берди («Менлиқал»).