ДИЙУАНБЕГИ
Қарақалпақша
ат. 1. Бурынғы Бухара ҳәм Хийўа ханлықларында сарайда дийўан баслығы.
Дийўанбегилик ҳәмел бердим қолына, Мәртлигим сынайды, өлтирмең кулды («Юсуп-Ахмет»).
2. Хан сарайында кирис-шығысларды, азық-аўқат есапларын алып барыўши ҳәмеллар.
Дийўанбеги Есназар, Ағай менен Тағай бар («Едиге»).
3. Мәмлекеттиң тийкарғы басқармасы ҳәм айырым министрликлердиң мәкемелери; усындай мәкеме имараты.