ДИЙҚАНШЫЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Аўыл хожалығында жерге егин егип, аўыл хожалық өнимлерин жетистириў менен шуғылланыўши тараўы, өсимликлерди өсириў мақсетинде жерди ислеўшилик, егин егиўшилик кәсиби.
Дийқаншылық гүл жайнаса, Теңизинде аў майлаған (И.Юсупов).
2. Жерге егилетуғын дақыллардың жалпы аты.
Қол ушынан тийип-қашып, Дийқаншылық еттиң бурын (Ә.Шамуратов).
3. Егин менен шуғылланыў кәсиби.
Дийқаншылық қылыў.
Шарўа, дийқаншылық кәсиби-кәри, Келешеги нурлы мәкан Бозатаў (А.Султанов).