⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДИллар

Қарақалпақша

I ат. поэт. 1. Гөззал, сүйикли яр; Алып зулпы дилларыны, Ахметбегимниң ярыны («Юсуп-Ахмет»). 2. Кеўилди өзине тартыўшы, жағымлы, мийирбан. Деди Яқып: — пәни диллар кисиге айтпағыл зинҳар, Қудайым бәршеге ғамхор, бул сыр ишинде пинҳән болсын («Юсуп мерген»).
II к. дилбар. Қолына бермес бул душпан, Гүлпаршын атлы дилларын («Алпамыс»).