ДОЗАҚ
Қарақалпақша
ат. дин.с. (парсы, жәҳәннем).
1. Диний көзқарасларға қарай: қайтыс болған, диний талапларды орындамаған гүнакар бенделер ақыретте мәңги азапланатуғын жер; жәҳәннем.
Өзинди бейиштиң я есигинде, ямаса дозақтың төринде көре бер (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. а) адамды артықша азап-ақыбет ҳәм мүшкил аўҳалға салатуғын жағдай, шараят, халат.
Алла Ҳаққы ондай қулға дозақ таяр, Даналардан еситип, бул сөзди айттым мине (Хожа Ахмед Яссаўий).
б) күнниң хәм жайдың қатты ыссысы.