ДОҢЫЗ
Қарақалпақша
ат. 1. Аша туяқлы, келте бақай дүз әм үй ҳайўаны, шошқа.
Адамдардан қалғанын түни менен доңыз, түлки, шағаллар жеп кеткен (М.Қайыпов).
2. аўыс. Қәсиетсизлик әм жамандық ис етиўши адам туўралы, гүдибузар адамлар хақында берилетуғын баҳа, сын.
Ел аўлақ болса, Доңыз төбеге шығар (ҚҚ.Х.Н.М.).
Әр бир иске есапласып санасар, Нағыз доңыз болар адам жаманы (Р.Парахат улы).
3. Ҳайўанлар бойынша Шығыс гороскопы.
Бул бир айқан ҳикаяты, Сыйыр емес доңыз жылы (Бердақ).