ДУЎАХАН
Қарақалпақша
ат. 1. Дуўа оқыўшы, дуўа қылыўшы; тилек пенен қудайға жалыныўшы.
2. Дуўа оқып жин-шайтанларды қайтарыўшы, усы жол менен наўқасларды даўалаўшы.
3. Ыссы-суўық ислеўши, дуўа оқыўшы.
Ол баба қатты дуўахан баба екен, жерден бир қысым топырақты алды, бир дуўаны оқып, аспанға атты, жер жүзи қуба тартып, думан болды («Мәспатша»).