⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДУБЛЁР

Қарақалпақша

ат. 1. Бир исти нәўбетлесип орынлаўшы ямаса бир-бириниң орнын баса алатуғын еки инсаннан бири. Космонавттың дублёры. 2. Театрда ролди аткарыўшы актёрды алмастырыўшы актёр яки бир ролди нәубетлесип ойнаўшы еки актёрдан бири. 3. Дубляж етилген фильмде даўыс берген (кино) актёр. 4. Футбол ҳәм басқа ойынларда тийкарғы ойыншылар яки команда курамы ушын тәрбияланыўшы ямаса оларды алмастыра алыўшы ойыншылар яки команда.