ДЫҒЫРЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Арбаның көшери кийгизилип арысқа бекитилип қойған жалпақ тахтайша.
2. аўыс. Дәрьяның ямаса жолдың айланған, бурылған жери, бурылыс, айланыс.
Дәрья қаланың тусына келгенде дығырық жасап бурылып кеткен (К.Султанов).
Бул жолда көп екен өткел, дығырық, Онан жүрип емес өттим жуғырып (Х.Дәулетназаров).