⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДЫҚҚАТ

Қарақалпақша

ат. (араб. анықлық, тынықлық, нәзиклик). 1. Пикири, қыялы, ой-қыялы, яды. Бар дыққаты менен. Сәл саўа ўақтым болса... ал сен болсаң гүжим алдындағы скамейкаға арқаңды берип, көзлеринди сәл перделеп отырған халында мени дыққат пенен тыңлайсаң (Т.Қайыпбергенов). 2. Барлық нәзери, итибар, излениўшен, пуқта түрде. Дыққат пенен тынлаў. Айтып едиң бәрин қабарып кеўлин, Муңласпан. Тыңлайман дыққат қаратып (Б.Сарыбаев). 0 Дыққатқа сазаўар (ылайық) — итибар бериўге арзыйтығын, итибарды өзине тартатығын. Дыққатты тартыў — 1. итибарды бир жерге топлаў, жәмлеў, қаратыў. Қөрилген илажлар, жемиси қайтып, Әлемниң дыққатын өзине тартып (Ақшолпан Аманияз). 2. Басқалардың дыққатын өзине тартыў. Дыққат қылыў — 1. Итибар бериў. 2. Зериктириў, жүрегин езиў. Оған дыққат аўдарма, өзи сондай (газетадан).