ДҮГИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсеге келип урыў, соғыў, сокдығыў, қагысыў.
Оны тоқтатыўға изинен жуўырып жүрген қызы балконның әйнекли қапысына маңдайы менен дүгип, пашыр етип сынып төгилген әйнек қыйындыларының үстине жығылды (Т.Қайыпбергенов).
2. Сүзиў, ийтериў.
Барсақ, балкон шайқалып тур екен, ал қошқар болса дүгип атыр екен (Ә.Қайыпов).
3. Бульдозердиң жәрдеми менен ийтерип тегислеў.