⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘЎЛЕТ

Қарақалпақша

ат. (арабша, байлық). 1. Ырыс, байлық, дүнья, мал-дүнья. Ерге дәўлет питсе, Ғарға салса да, ғаз алар, Ерден дәўлет кетсе, Лашын салса да аз алар (ққ.х.н.м.). Болмады хеш аманлық, Дәўлет ушын, бақ ушын (Т.Жумамуратов). 2. Руўхый байлық, бахыт, әўмет, жақсылық. Жат еллерден азат етип, Дәўлетим, Шубарым келдиң бе? («Алпамыс»). Ул-қызың — дәулетиң. Ҳаялсызда рәҳәт жоқ, улсызда дәулет жоқ (ққ.х.н.м.). 3. аўыс. Арқасында, саясында, себепли. 4. Мәмлекет. 5. Еркеклер ямаса ҳаяллар исми. 0 Дәўлет қус — дин. 1. Ески исеним бойынша патшаның, ханның орнына қалатуғын мийрасхоры болмағанда сол патшалықтың, ханлықгың барлық пукдрасы жыйналып қус ушыратуғын болған ҳәм сол қус кимниң басына қонса, соны ақ кийизге салып, хан етип көтерген, басқа қонған кусты бахыт қусы деп атаған. Уядашым шықты он төрт жасына, Дәулет қусы жақында қонды башына («Бозуғлан»). 2. аўыс. бир келип қонған бахьгг, әумет. Мен билмеймен кимниң қандай боларын, Дәулет қусы қаш ан келип қонарын (К.Рахманов). Басына дәўлет кусы қоныў — әўмети келиў, жолы болыў. Дәулет қусы қонса кимниң басына, Суймырық көриўге келер қасына (ққ.х.н.м.). Дәулетиниң арқасында — қорғаўы, панасы, ғамхорлығыньщ арқасында, жәрдеминде.