⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘБДЕБЕ

Қарақалпақша

ат. (араб. ОаЫаЬаИ (ип) — кескин тус бериў, кескин тус алыў). Дыққатын тартыў ушын керегинен артық дәрежеде бөрттирип жиберилген жағдай мәнисин аңлатады, яғный қандай да бир болажақ нәрсени салтанатлы етип, атағын шығарыў мақсетинде көп сөз етиўшилик, келисигин келтирип даңқын шығарыў. Инсан көзи тоймас ҳеш бир нәрсеге, Таўсылмайды жумыс, той ҳәм дәбдебе (Ү.Бийжанова) 2. Мен- менлик, көкиреклик пенен иеленген ҳәрекет; әйтеўир ҳаўлықпалық. Дәбдебе даңқ белгиси жоқ төсинде, мен бир жай адамман көптин ишинде (Б.Қайыпназаров). 3. Ҳәдден тысқары сәнлилик, саўлат, иззетлилик. Тойға жараспайды куры дәбдебе, Қәрежетти шашпаў керек ҳәр неге (К.Рахманов). 4. аўыс. Куры шаўқым, әйтеўир гәп, бадабат. Тек көтерер ақ қағазлар, Дәбдебе сөзинди халқым (А.Даўышбаев). Дәбдебе көтериў — шаўқым шығарыў, жәнжел көтериў.