⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘЛИЛ

Қарақалпақша

ат. (араб. — белги, из, себеп) 1. Пикир, ойлаў хәм сол сыяқлы нәрселерди тастыйықлаўшы, олар ҳаққында себеп бола алатуғын нәрсе, факт. Исенимли дәлил, күшли дәлил. Төбе керек-шығыў ушын таўды асып, Дәлил керек-жығыў ушын даўласып (Ж.Нажиматдинов). 2. Суд ислеринде (дәлилениўи) анықланыўы зәрүр болған жағдайларды тастыйықлайтуғын ямаса бийкарлайтуғын түрли фактли мағлыўматлар. Дәлил судта ҳақыйқатты анықлап, әдил қарарға келиў ушын жалғыз тийкар болып есапланады. Демеге дәлил жоқ «халық душпаны», Шықтыма қыялдан, ойдан билмедик (К.Нурмуҳаммедов). 0 Зат пенен келтирилген дәлил ямаса материаллық дәлил — жынаятты сыпатлайтуғын буйымлар. Туўры дәлил — туўрыдан-туўры. 3. Себеп, сылтаў. Әлбетте, Рәўшан бул ислерди айтып, дәлил етип отырмады (Ж.Аймурзаев). Дәлил болыў — сыпатлаў, мысал болыў. Дәлил етиў — қандай да бир иске йошландырыў, мәсләҳәт бериў.