ДӘЛКЕК
Қарақалпақша
ат. Ҳәзил ушын айтылған мысқыл, әжиўа, сықақ сөз.
Сени жорта ойнап дәлкек етип ем, Ойнағанды билмедиң бе, хаялым? («Қырқ қыз») 0 Дәлкек айтыў — ҳәзил айтыў.
Енди дәлкек айтып ойнағым келсе, Өзиндей бир досты излейин қайдан? (К.Каримов).
Дәлкектиң изин алыў — ҳәзил сөздиң изин даўамлаў.
Дәлкек етиў — мазақ қылыў, ҳәзиллесиў.
Жолға шығып алайық, оннан кейин сени тамаққа гүпти қыламан, — Ажар дәлкек етип мыйығын тартты (К.Султанов).