⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘН

Қарақалпақша

ат. 1. (парсы. — туқым, дәне). Ғәлле егинлер мийўеси (жемиси) ямаса дәнли ҳәм собықлы өсимликлердиң туқымы, дийканшылықта жетистирилетуғын тийкарғы өнимлердиң бири. Дән инсан пайдаланатуғын азық-аўқат, ун, пиво, крахмал, спирт, аралас жем таярлаў ушын шийки зат ҳәм аўыл хожалығы ҳайўанлары ушын тойымлы азыкдық. Арпа дәни. Арпаның бир дәнин күнниң шығысына шашты, бир дәнин батысына шашты («Алпамыс»). 2. Дақыл, ғәлле. Дәни жоқ деп қаптан түнилме (ққ.х.н.м.). Дән жоқта дийўана да қыстайды (ққ.х.н.м.). 3. Кусларға азық сыпатында берилетуғын азықлық. Таўыкларға дән салыў. Жүўери атлар ушын жем, таўыққа дән болады (М.Нызанов). Дән жоқ жерде торғай болдым, Оны ҳеш ким билген емес (Бердақ). 4. аўыс. Бир нәрсенин негизи, тийкары, маңызы. Ҳәр айдың өз саўлаты бар, сәни бар, Октябрьдиң телек толы дәни бар («Әмиўдәрья» ж.).