⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘПИНИЎ

Қарақалпақша

ф. Ашыў менен гижинип көтерилип сөйлеў. Дәпинип сөйлейсең менменлик пенен, Бизге баян әйле келген елинди («Қырқ қыз»). Деп дәпинип қарап турды, Былғап суўға ылақгырды (Т.Жумамуратов). 0 Дәпин етиў — жерлеў, көмиў. Ай, ата, ондай болған болса қайталы, өз қолым менен ақ жаўып, арыў кепинлеп хәм жаназасын оқып, өз қолым менен дәпин етип қайтайын, — деди («Сәлимжан»).