ДӘРЎАЗАМАН
Қарақалпақша
ат. 1. ғөн.с. Дәрўазадан кирген хәм шыққанларды бакдап туратуғын сақшы.
Хәзир бир балам усы қалада дәрўазаман («Мәспатша»).
Ҳәмме сениң менен мендей болғанда, бул қалаға дәрўазаман неге керек? (ққ.х.фоль.).
2. Спорт ойынларында дәрўазаға топ ямаса шайба өткермей, қорғап турыўшы спортшы.
Бәршеге куўаныш сыйлайсаң, лекин Еки дәрўазаман өзиңнен қорқады (Б.Генжемуратов).