ДӘРБЕНТ
Қарақалпақша
ат. (парсы.
Дар — есик, дара, банд — беккем, берк, тосық).
1. Еки таў арасынан, дарадан өткен жол.
Шәшмеден атты суўғарып, Дәрбент таўға минеди («Алпамыс»).
2. Ески әдебиятларда, шегара, аралық, гейде қорғанларга айтылған.
Әййемги Жайҳун жағасы, Дәрбент жоллардың сағасы, бабалардан мийрас қалған, Ески тарийх — Шылпык қорған (А.Султанов).
3. Үлкен гүзар жоллардың бир-бири менен кесискен жери.
Басқа жақтан келген адамларды услап алыў ушын, ҳәр бир жолдың дәрбентине бир неше адамлар қойылған еди (кқ.х.е.).
4. Кең ҳәм туўра жол.
Байраққа ат шаптырсаң Дәрбент жолдың аўзына («Алпамыс»).