⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘРЕК

Қарақалпақша

ат. (арабша, шуқырлық, хабар, хабардарлық). 1. Бир нәрсе қаққында алынған хабар, мағлыўмат. Бирақ, еле қызынан дәрек жоқ (Т.Қайыпбергенов). 0 Дәрек бериў — билдириў, хабарландырыў. Күйе берме Бүлбилзибан, Бул неден дәрек берип тур? (Ақшолпан Аманияз). Дәрегин табыў — қандай да бир нәрсе, ҳәдийсе туўралы хабар, мағлыўмат еситиў. Зорға таўып дәрегин бул қызымның, Қорлықта жүргенин көргенмен халқым (И.Юсупов). 2. Себеп, тийкар, рет. Бирақ, еле жақсылыққа жорығандай дәрек жоқ, — деп гүрсинип қойды (Ө.Хожаниязов). 3. Тийисли, қараслы. Алың бәрин... болса сизлерге дәрек, Сөйтте саў басымды саўдаға салмаң (Ш.Артық). 4. Қандай да бир нәрсе ямаса белгиден хабар бериўши нышан, белги. Дәрек йоқ ушырған қуба қушымнан, базарым тарқады ерте пешиннен (Әжинияз).