ДӘСТАН
Қарақалпақша
ат. (парсы, қысса, тарийх).
1. ат. әд.
Қосықпенен қара сөз араласып жазылған жыраўлардьщ қобыз бенен жырлап айтыўына қолайлы көлемли шығарма.
Бердақтың «Ақмақ патша» дәстаны.
Қазы сөйлер алдында тамағын қырынып, дәстанға түсейин деп отырған жыраўдай тамсанып алды (Қ.Султанов).
2. әд.
Халық қаҳарманлары қаққында поэзия ҳәм прозалық эпикалық шығарма.
Қарақалпақ халық дәстанлары.
«Қырқ қыз» дәстаны.
3. аўыс. Бастан кеширген ўақыялар, кдйғы-ҳәсирет.
Заман дәртин дәстан етип тилинде, Халқыңның ар-намыс ҳүжданы болдың (И.Юсупов).
4. Аўыздан-аўызға өтип жүрген белгили, мәлим қызыклы ўақыяға бай гүрриңлер, гәп-сөзлер, тәрийиплер.
Оның сулыўлығы тиллерде дәстан.
Айтсам адағы жоқ, бир қызық дәстан, Бунша сулыў, гөззалықгың тилсими (Ақшолпан Аманияз).
0 Дәстан болыў — ел арасында гәп болыў, қосық болып жырланыў, ел аўзына түсиў.
Тилде дәстан болып «УрГа» қаласы, Сөнген маякларың қайта жанады (А.Зергер).
Дәстан қылыў — қандай да бир ўақыя-ҳәдийсени гәп етиў, елге жайыў, тарқатыў.
Көп сөйлеген көбиктиң, Еки жағы қарыспас, Баслайғойса ол сөзин, Дәстан қылып, таўыспас (ққ.х.н.м.).
5. аўыс. Көп нәрселерди өз ишине алатуғын ўақыя, тарийх.
Тәрбиялап өсиргенин устаның, Машхур еттим қысқашалаў дәстанын (А.Дабылов).
6. Ер адам исми.