ДӘСТЕ I
Қарақалпақша
(парсы, сап, тутқыш).
1. Түрли әсбаплардың қол менен усланатуғын бөлеги, сабы; балта дәстеси.
...дәстеси дәнданнан, тыйығы алмастан, сақыйнасы алтыннан... («Қоблан»).
2. Музыка әсбабыньщ тары (сым), тартылған ҳәм перде басылатығын бөлеги; дуўтар дәстеси.
Дуўтардың дәстеси тут ямаса алма ағашынан соғылады, дуўтардың мойнынан баслап кулағьша шекемги аралығы еки қарыс болады («ҚЖ» г.).