ДӘСТИЯР
Қарақалпақша
кел. 1. Қолдан келген исти орынлап, жасы үлкенлердиң аўырын жеңил қылыўшы, жәрдемши.
Саған болыў ушын дәстияр жолдас, Әўелҳа өзимди алмасам женшип... 2. Бирэўдиң жеңил-желпи жумысларын орынлаўшы хызметкер.
— Есенгелди дәстияр жигитлерден еди, кеткен екен-ә? — деп Маман өкиниш пенен бираз ойланды (Т.Қайыпбергенов).
3. Жасы үлкейген, ересек, егеде.
Тап сол ўақытта жән-жақган келиншеклер менен қызлар, дәстияр адамлар шыга келди (Ө.Хожаниязов).