⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘСТҮР

Қарақалпақша

ат. (парсы, жол-жорық, көрсетпе, тәртип-қағыйда). 1. Әўладтан әўладка өтип ҳәм сақланып киятырған үрп-әдет, салт-сана. Қыз да, жиғит те билгенин ишинде тоқып отыр, дәстүр бойынша гәпти жигит баслаў керек (К.Султанов). Өзгеше салт дәстүр, байрамы менен, Айырылып турады өзге еллерден (П.Сулайманов). 2. Белғили мақсет, ис-хәрекет ямаса көргизбениң алдыннан белгилеп шығылған жол-жорығы, оны әмелге асырыўдын тәртиби, нызам-қағыйдасы; бағдарлама, программа. Мәмлекетлик тилди әмелге асырыў дәстүри. Республикамызда Инсан хуқыкдары тараўындағы Миллий тәлим дәстүри тастыйыкданды («ЕҚ» г.). 3. Берилетуғын көргизбе тәртиби ҳәм орынланатуғын иелер дизими; жыйналыс дәстүри. 4. Оқыў пәни мазмунының қысқаша түсиниги; оқыў дәстүри; 5. Театр, конңертлер т.б. тамашаларда шығыў нәўбетлери, атқарыўшылар, қатнасыўшы шахслар дизими.