ДӨНИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ҳәр түрли реңге, түрге айланыў.
Көкөзек жерлери өним бергендей, Бәҳәр болса дөнер моншақ дизгендей (Өтеш).
2. аўыс. Топьшыў, дәпиниў, умтылыў.
Аға сен бир ат минипсең, Душпан үстине дөнипсең (А.Дабылов).
3. аўыс. Айланыў, өзгериў.
Сейит ата муртын сыйпап күлди бир, Ғаррылығы жаслық күшке дөнгендей (Т.Сейтжанов).
4. аўыс. Түрлениў, айныў, өзгериў.
Ҳәрким дөнсе лебизинен, Ҳүкиминде болар кәпирдиң («Алпамыс»).
0 Дөник шапан — жылтырақ гезлемеден тигилген шапан.
Дөник шапан ҳәм де силикпе шөгирме, Ақ пушта етик ҳәм белбеўи түрме («Өтеш батыр»).