⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӨҢ

Қарақалпақша

ат. 1. Жердиң ямаса басқа нәрсениң бираз бәлент көтерилген жери; төбелик. Жолға жүрген дөң асар, Сөз бенен сөз таласар (ққ.х.н.м.). 2. кел. Бөртип шыққан, көтериңки, томпайған, шығыңқы. Дөң жер. Дөң маңлай. Қошқар болар қозының, Маңлай жағы дөң болар. Адам болар жигиттиң, бойы-сыны кең болар (ққ.х.н.м.). Тегисленип қар менен дөң жабында, Жүрис болды бир уўайым шеккендей (Ж.Алланиязович). 3. аўыс. Минези турпайы, гүдибузар. Душпанға емес маған жасап дөң айбат, Бир атаның баласымыз екеўимиз.