ДӨҢГЕЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Дөңгелектиң ямаса сыртқы формасы соған усаған нәрселердиң айланып ҳәрекет етиўи, домалаўы.
Гөне кийимге оралган нанлардың хәр қайсысы ҳәр жаққа дөңгелеп кетти (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Айланшықтап, былай-былай жүриў.
Жигитлер жүрсин хызметте дөңгелеп, Байрам күни хош келипсиз жеңге, — деп (Г.Дәулетова).