ЕЗИЎ I
Қарақалпақша
ат. Аўыздың, еринниң еки шети, астыңғы ерин менен үстиңги еринниң тутасқан жери, мыйығы.
Еки көзин алартып ашып, еки езиўинен сол ўақыпа көбиги буркырап кетти (Ө.Айжанов).
Қарт буўрадай сақылдап, Езиўден көбик шашады («Қырқ қыз»).
0 Езиў тартыў — әсте күлиў, жымыйыў, күлимсиреў.
Көзинше мақтап жибергенине кеўли толмаса да, Сержан мыржыйып езиў тартты (Т.Қайыпбергенов).