ЕЗИЛИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Майдаланыў, унталаныў, қыйқымланыў, шылпәрше болыў, унтақланыў, бөлеклениў.
Палўаннын сүйеклерине шекем езилип кетеди (ққ.х.е.).
... ол да мылжа-мылжа болып езилип атыр (Ж.Аймурзаев).
Шоқпарлар тийип геллеге, Езилди майдан ишинде («Ер Зийўар»).
2. Биреўдин қол астында болыў, қараслы болыў, зорлық көриў, жәбирлениў, аўыр азапта жасаў.
Езилди халық жән-жаққан, Көп қыйынлық болған екен (Бердақ).
Даналардың данасы, Жер жүзинде езилгенлердиң панасы (Ә.Шамуратов).
Халық ушын бир жақты күн болмады, Ел езилип аш-жалаңаш зарлады (М.Дәрибаев).
0 Тул бойы езилиў — женшилиў, аўыр тартыў, мажырасы шығыў, унтағы шығыў.
Зилдей адам көкирек аўызына минип отырған соң оңсын ба, тула бойы езилип қалыпты (Ө.Хожаниязов).
Жүрек езилиў — қапаш ылық көриў, кыйыншылық көриў, азап көриў.
От ишинде өртенгендей намысы, Қорланғандай жас жүреги езилип (И.Юсупов).
Баўыр езилиў — қыйналыў, азапланыў, қапаланыў.
Ата дедиң, пүткил кеўлим бузылды, Кәбап болды, жанды баўырым езилди («Мәспатша»).