ЕКЕЎ
Қарақалпақша
сан.
Сандықтың жыйнақлаў түри.
Алда екеў, артта екеў, төртеўи де сары ала тағынған полиңейскийлерден оңға тағыўлы кийимлерине көзиң қамасады (Н.Бөрекешов).
Булар екеўи сүйиншиге жыйналған қой-ешкини айдап базарға келди,... (Қ.Айымбетов).
Бир күни анасы қабаққа сүт қуйып еки қасық салып, «екеўин, ише ғойың», — депти (Қ.Айымбетов).
0 Екеў ара а) еки адамға тән, еки адамға ортақ.
Қолға суў қуйылды, екеў ара, үшеў ара бадиялар менен палаўлар келди (Қ.Айымбетов).
б) екеўиниң арасында ғана, өз ара.
Чай-пай ишип болған саң, тамақ жеп, екеў ара әңгимелесип хәзиллестик (Ө.Хожаниязов).
Екеў болыў — а) қос көриниў, булдыраў.
Бир сүўрет екеў болып көрине баслады,... («ЕҚ» г.).
б) бас қосыў, шаңарақ курыў, үйлениў.
Бас екеў болмай, мал екеў болмайды (ққ.х.н.м.).