⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕКИ

Қарақалпақша

сан. Бир менен үштиң арасындағы санақ сан. Еки қолына еки шелекти көтерип қылтылдап киятыр (Т.Қайыпбергенов). Сәўле кеткели Ержанның еки көзи жолда болды (С.Хожаниязов). Елмураттың еки ғана улы болған (Ж.Аймурзаев). Еки бой, еки жаға — еки қапталы, тәрепи. Әмиўдәрьянын еки жағасы қалың тоғайдық (Б.Бекниязова). Көкөзектиң еки бойы қайырды, Залым байлар Көкөзектен айырды (Әтеш). 0 Еки әтирап — дөгерек, айлана. Еки әтираптағы жупар ийисли көк өсимликлерди бирим-бирим көзинен өткереди (Ж.Аймурзаев). Еки ернек — тәреп, жаға, қаптал. Каналдың еки ернегине асылып, тағы өрге қарай жүзеди (Ж.Аймурзаев). Еки хәдийсе — ўақыя, жағдай. Китап, журналлар жөнинде Айсәнемниң еки хәдийсе ядында бар (Ж.Аймурзаев). Еки дүнья — а) еки дәўир. Айсәнемге бул жерде атасының еки дүньяны салыстырып, шын жүрегинен сөйлегени унаған еди (Ж.Аймурзаев). б) аўыс. О дүнья, бу дүнья. ...жолбарыстың жүрегин бир тислесем, еки дүньяда әрманым жоқ («Мәспатша»). Еки жүзли — а) биреўге былай, биреўге олай сөйлеўши адам, өтирикши. Еки ортада мен еки жүзли болып, бахтыма нағыз қара тигилди, — деп Уғыл кемпир қорлығы келип жыламсырады (А.Бекимбетов). б) еки жағында да жүзи бар пышақ. Еки жүзли қанжар екен қайралған (Ш.Артық). Еки аўыз азғана гәп, кишкене сөйлесик, азырақ пикир. Дайысының жалғызынан еки аўыз сөзин аясын ба? (Ө.Айжанов). Еки айры — аша. Ана таўдын күн шығар етегинде қуланның жилигин қақ жарып шыққан бир түп ушы еки айыр жалғыз жыңғыл бар (ққ.х.е.). Еки жүзлилик — еки жүзли болыў. Кернский басқарған Ўақытша хүкиметтиң еки жүзлилигинен дийқанлар биротала безди хәм оның хүкимет ағзаларын тутқынға алды. Еки ортада — арада, аралықта. Жеңил минезлилигинен пайдаланып, еки ортада оның әўересин шығарды (Ж.Аймурзаев). Еки пайда — еки есе түсирим. ...мениң пәмимше, бий усы даўдан еки пайда көрип атыр (К.Султанов). Еки ушлы — гүмилжи, гүманлы, белгисиз. — Эй қәйдем,... — деп Қосыбай ишинен баласын жақсы көрип турса да, қаялының алдында сыр бергиси келмей, еки ушлы жуўап қайтарды (К.Султанов).